Қазақстан Миллий банки мәмлекеттиң биринши президенти Нурсултан Назарбаев суўрети түсирилген, номинал қуны 20 мың теңге болған юбилей банкнотларын айланысқа шығарады. Ол Қазақстан Ғарезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланады."Номинал қуны 20 мың теңге болған юбилей банкноты пүткил Қазақстан бойлап барлық түрдеги төлемлер үшын, сондай-ақ, банк есап номерлерине өткериў ҳәм барлық өткермелер, алмастырыў ушын номинал қуны бойынша қабыл етилиўи шәрт", — делинеди хабарда.
Соның менен бирге, 2015-жыл үлгисиндеги номинал қуны 20 мың теңге болған пуллар да нызамлы төлеў қуралы болып қалмақта. Мағлыўматларға қарағанда жаңа банкнотлар 2021-жыл декабрь айының биринши он күнлигинде айланысқа шығарылады.
Еслетип өтемиз: Қазақстан Республикасы Ғәрессизлиги 16-декабрь.
