logo

Бирлескен Араб Әмирликлери халқы миллий байрамын белгилемекте


Бүгин БАӘ халқы Ғәрессизлигиниң 50 жыллығын белгилемекте.

БАӘ — федератив мәмлекет болып, 7 әмирликтен ибарат: Абу-Даби, Ажман, Дубай, Рас-ал-Хайма, Умм-ал-Кайвайн, Ал-Фужайра, Шаржа. Бул аймақлар толық монархлы киши басқарыў дузимине ийе болып, ҳәр бир әмирлик өз аймағындағы углеводород резервин өзи басқарады.

БАӘ экономикасының тийкары - нефть, пүткил дуньядағы нефть қорының 10 пайызы усы жерде. Мәмлекет тәбийий газға да жүдә бай. Сол себепли экономикасы нефть ҳәм тәбийий газды қазып алыў ҳәм қайта ислеўге тийкарланған. Жергиликли халық қурма жетистириў теңизден маржан жыйнаў, түйе ҳәм жылқышылық, балық аулаў ҳәм тағы басқада дәстүрий шынығыўлар менен де шуғылланады.

Соңғы жаңалықлар