logo

Жәҳән банки Ауғаныстанға музлатылған активлерден 280 млн доллар ажыратады

Жәҳән банки Ауғаныстанға музлатылған активлерден 280 млн доллар ажырататуғын болды.

Ақшалар БМШның гуманитар кризисин жеңип өтиўге көмеклесип атырған еки агентлиги—Жәҳән азық-аўқат дәстүри(WFP) ҳәм Балалар фондына (ЮНИСЕФ) өткерип бериледи, деп хабарлады Reuters.

Ақшаларды өткерип бериў Жәҳән банки тәрепинен басқарылатуғын Ауғаныстан реконструкция траст фондының (ARTF) 31 доноры тәрепинен тастыйықланыўы керек. АҚШ ҳәм басқа да ири донорлар менен ушырасыўы 3-декабрь күни болып өтеди.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күнде ARTF есабында усы мәмлекет ушын мөлшерленген 1,5 млрд доллар топланған.

Соңғы жаңалықлар