Америкалық миллиардер Илон Маск Калифорния штатының Хиллсборо қаласындағы үйин 30 млн долларға сатып жиберди. 19 гектар майданға ийе сарай Масктың соңғы үйи еди.Миллиардер соңғы үйин өткен жылы 37, 5 млн долларға сатпақшы болған еди, бирақ гүзде баҳа 31,99 млн долларға түскен.
Бул үйде 7 жатақхана, 10 жуўыныў бөлмеси, асхана, ойын залы, кожа дийўаллы китапхана, 11 автомобилге мөлшерленген гараж ҳәм суў сақлағыш бар, деп хабар береди “Mansion Global”. Маск сарайды 2017-жылда 23,4 миллион долларға сатып алған.
Үй Калифорнияға көшип өткен француз графи Кристиан де Гуигне тәрепинен 1912 жылда қурылған.
Маск будан аллын өзине тийисли болған барлық мүлкти сатқан ҳәм Техасда SpaceX компаниясынан ижараға алынған 37 кв. м. майданлы үйге көшип өткен. Исбилермен өзиниң бул шешимин оған Жерде көшпес мүлк керек емеслигин, оны Марстағы өмир көбирек қызықтырып атырғанын айтып өткен.
