Дубай ҳүкимети улыўма санлы технологияларға өтип, дуньядағы биринши қағазсыз мәкемеге айланды. Бул ҳаққында Әмирликтиң мийрасқор шағзадасы, Дубай атқарыў кеңеси баслығы шайх Ҳамдан бин Муҳаммад бин Рашид Aл Мактум мәлим қылды, деп хабар береди Әсирлик ахборот агентлиги WAМ шемби күни.«Бугун Дубайда турмыстың бәрше искерлик тараўларын санластырыў жаңа басқышы басланды – биз қағазсыз ҳүкиметке өтиўди улыўма жуўмакладық», – деди ол.
Будан кейин бәрше мәмлекет операциялары ҳәм халыққа хызметлер тек электрон технологиялар арқалы әмелге асырылады.
Мийрасқор шағзада қағазсыз ҳүкимет ғайраты Бирлескен Aраб Әмирликлери (БAӘ) вице-президенти ҳәм Бас министри, Дубай ҳүкимдары шайх Муҳаммад бин Рашид Ал Мактум тәрепинен төрт жыл алдын басланғаныны ядқа салды. Сол ўақытта ол 2021 жылдан баслап әмирлик атқарыў ҳәкимияты хызметкерлери ҳәм, мәмлекет хызметлери тутыныўшылары ҳәм ҳеш қандай ҳүжжетин баспадан шығарыўға мүтәжлик қалмаўына ўәде берген еди.
«Бүгин бул ўәде әмелге асты», – деди Ҳамдан бин Муҳаммад бин Рашид Aл Мактум.
Ендиликте әмирликтиң бәрше мәмлекет органларында ҳәмме ишки ҳәм сыртқы ҳүжжет айланыўы тек электрон түрде арнаўлы ахборот платформалары арқалы әмелге асырылады.
Әмирликлер мағлыўматларына көре, усы хызметлер арқалы 1,8 мыңнан артық санлы хызметлер көрсетилмекте, 10,5 мыңнан артық транзакция әмелге асырылмақта.
Есап-китапларға көре, Дубайда электрон ҳүкиметке өтиў ҳәм ҳүжжет айланыўын санластырыў 2018 жылда қағазсыз стратегия басланғанынан бери пүткил әмирлик бойлап 336 миллион қағаз бетлери тежелген. Бул 14 миллион саатлық инсан мийнети ҳәм 1,3 миллиард (шамасы 353,8 миллион доллар) пулға тең.
Қағаз технологиясынан ўаз кешиў есаптан тысқары барше санаат тармақларына тәсир қылды: уй-жай коммунал хожалығы, полиция, муниципалитет, судлар, денсаўлықты сақлаў, диний, материаллық ҳәм спорт мәкемелери, аэропортлар, соның менен бирге, көплеп саўда ҳәм коммерция структуралары усы басламаға қосылды.
