Кийиклер көплеген жемис табыўы ушын қар қатты музлап қалмаўы керек. Бирақ климат ысығаны себеп қар ерте ерип, суўлы қарды пайда еткен. Температура пәсейгенде суў қатты музлап, кийиклердиң қазыўына күши жетпейтуғын дәрежеде музлы қатлам пайда еткен.Нәтижеде айырым кийиклер жемис излеп, 100 км узақлыққа кетип қалған. Шарўалар оларды излеп, Финляндия ҳәм Швеция орманларына шекем бармақта. Кийиклерди вертолётлар менен излеўге туўры келмекте.
Алымлардың айтыўынша, Африкада температура дуньяның басқа бөлегине қарағанда 2 есе тез ысып атыр.


