Жоғары тәлим министири Абдул Боқи Ҳаққоний қызлар ушын өз алдына класханалар шөлкемлестириў, лекторларды жумысқа алыў ушын уақыт ҳәм пул керек болып атырғанлығын айтты."Талибан" ҳәкимият басына келген 15-августтан бери ҳаял-қызларға ЖООларға барыўды шеклеген. Талиблар қызлар ушын ЖООларда өз алдына шараят жаратып бериў ҳаққында ўәде еткен еди, бирақ бул еле әмелге аспады.
