logo

Tesla машқалалы 500 мыңға жақын машинасын шығарып алмақшы

Тесла компаниясы авариялар қәўпин асырыўы мүмкин болған техникалық насазлықлар себепли АҚШтағы 475 мың электромобилин қайтарып алады. Бул ҳаққында "Bloomberg" хабар берген

2017-2020-жылларда шығарылған 356 мың Model 3тиң барлығы қайтарып алынады. Айтып өтилиўинше, "багажник"ти ашыў ҳәм жабыўда олар арқа көринис камерасының сымларына зыян жеткизиўи мүмкин, бул болса оның ислемей қалыўына алып келеди.

Буннан тысқары, 2014-жылдан берли ислеп шығарылған 119 мың Model S автомобиллери де қайтарып алынады. Оларда қулып алмастырылады, оның қәте ислеўи себепли "капот" бирден ашылып кетиўи мүмкин. "Tesla"ға көре, еки машқала да қосымша ҳәрежетлерсиз сапластырылады.

Мағлыумат ушын, қайтарып алынатуғын автомобиллер саны шама менен 2020-жылдағы "Tesla"ның пүткил ислеп шығарыу көлемине туўры келеди. Сол уақытта компания дерлик 510 мың электромобил ислеп шығарған

Соңғы жаңалықлар