logo

Қазақстанда «Google салығы» күшке кирди

Қазақстанда 2022-жылдың 1-январынан Салық кодексине киритилген өзгерислер күшке кирди, енди «Google салығы»да алынады.

Мәмлекеттиң миллий экономика министрлиги хабар бериўинше, өзгерислерге муўапық, өз товар ҳәм хызметлерин онлайн-платформа арқалы әмелге асырыўшы барлық шет ел компаниялары республика бюджетине ҚҚС (қосылған қун салығы) төлеўи шәрт.
 
ҚҚС ставкасы әмелге асырылған товарлар ҳәм хызметлердиң 12%ин қурайды. Қазақстанлы салық төлеўшилерге бул өзгерис қолланылмайды.
 
«Google салығы» есабына Қазақстан бюджетине жылына 2 млрд теңге (дерлик 50 млрд сўм) келип түсиўи күтилмекте.

Дерек: KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар