Қытайлы алымлар Жерге "Chane-5" космослық зонды тәрепинен 2020-жылда келтирилген Ай топырағы үлгилерин үйренип, оның қурамында суў бар екенлигин анықлады."Бизиң есаплаўларымызға көре, Ай топырағы қурамында суў бар, ол үлкен итимал менен Қуяш самалы ҳәрекети менен топыраққа түскен", делинеди хабарда.
Қәнийгелер топырақ үлгисин Айдағы "Боранлар океаны" аймағынан алғанын билдирген.
"Боранлар океаны" — Айдағы ең үлкен теңиз болып, Айдың Жерге қарап туратуғын тәрепиндеги батыс аймағында жайласқан. Ол Айдағы басқа теңизлер сыяқлы қатып қалған базалт лавасы менен толған тегислик.
Еслетип өтемиз, Қытай жақында ғана Айды үйрениў дәстүриниң төртинши басқышын рәсмий тастыйықлаған еди.
