Америка Президенти Жо Байденниң ҳәлсизлиги ҳәм жетерли уқыпға ийе емеслиги себепли үшинши дунья жүзлик урысы қатери жүзеге келмекте. Бул ҳаққында АҚШтың бурынғы Президенти Дональд Трамп Конрода (Техас штаты) тәрепдарлары алдында сөйлеген сөзи даўамында мәлим қылды.“Байденниң ҳәлсизлиги ҳәм компетенцияға ийе емеслиги үшинши дунья урысының реал қәўипин жаратпақта”, деген Трамп.
Сондай-ақ, ол Байденниң президентлик дәўиринде КХДР алдынғыға қарағанда көбирек баллистик ракеталар сынаўын өткерип атырғанлығын айтып өткен. Буннан тысқары, Трамптың сөзлерине көре, Америка әскерлериниң Аўғанстаннан алып шығылыўы “өлимли” болған.
Бурынғы Президенттиң атап көрсетиўине қарағанда, АҚШ ҳүкимети биринши нәўбетте өз шегараларын қорғаў ҳаққында қайғырыўы керек, Украинаның емес.
“Жо Байден Арқа Европадағы шегаралар қорғаўы ушын әскер жибериўден алдын ол шегараларымыз қорғаўы ушын әскер жибериўи зәрүр”, деп айтып өткен бурынғы Президент.
Алдынырақ, Трамп АҚШ Конгресси ушын өткерилетуғын аралық сайлаўларда Республикашылар утса, Байденге коррупцион тергеў ўәде қылған еди.
